четверг, 23 июля 2009 г.

SOS!!! Қарақалпақ журналистикасы жәрдемге мүтәж…


Булай болады деп ойламаған едим. Неге дегенде, мен усы күнге шекем жазғанларым газетада жәрияланып киятырғанынан кейин бундай проблемаға дусласпағанман. Мына, сизиң дыққатыңызға усынбақшы болып отырған мақалам, «жәрияланбай қалған материаллар» коллекциясының үшиншиси. Оныда өзимниң жеке веб-сайтыма, анығырағы күнделигиме жайғастырыўға туўра келип отыр.
Илаж қанша? Бас редакторымызға кирдим. Және ол: «Жәриялай алмайман, бул кимниңдур личьностына тийиў болады, мен оған жол қоя алмайман»- деди. Кейин: «компотентли адамлар менен ойласып едим, Елимбет Султанов жөнинде жазылған материал болса азырақ иркип, жәрияламай турың деди» деп қосып та қойды.
Биз ҳәрекеттеги нызамларға тийкарланып ис туттық. Яғный мәмлекетлик газетаның арнаўлы хабаршысы сыпатында мағлыўмат жыйнадық ҳәм оны жәмийетшиликтиң ҳүкимине усынбақшы болдық. Мине үшинши мәрте қарсылыққа ушрамақтамыз.
Биз оларда Президент пәрманлары менен ҳүкимет қарар талапларының орынланыўы үзилиске түсирилип атырғаны жөнинде айтпақшы едик.
Ҳүрметли Президентимиздиң шақырықларына ис пенен жуўап бермекши болдық. Көрип отырғаныңыздай нәтийжесиз. Бул нени аңлатады?..
Мейли бул сораўға өзлериңиз жуўап таўып алаберерсиз. Не ислеў кереклигин түсинбей турман. Бәлким кимдур туўры жол көрсетер. Бундай материалларды қай жерде жәриялаўға болатуғынын айтар. Ақыры, жағдай услай даўам етеберсе Қарақалпақ журналистикасының ертеңи не болмақшы?!

Қыстаўлы усы санға
Мыш-мышлар тастыйықланбады: Елимбет Султанов өз арзасы менен кеткен екен…

Жасыратуғыны жоқ, бундай мыш-мышлардың басланғанына бир жылдан аслам ўақыт болды. Анықрағы, Елимбет Султановтың Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы болып тайынланған күнинен десек те, асырып айтқан болмаймыз. Не-миш, ол Нөкистеги «Транспорт кәсип-өнер колледжи» директоры болып ислеп турғанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005 жыл 28-февральдағы «Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери директорларын аттестациядан өткериў ҳаққында»ғы ПР-2146-санлы Бийлигине тийкарланып өткерилген аттестациядан өте алмай қалғанбыш.
Бул гәплер қаншалық ҳақыйқатқа жақын, я алыслығын анықлаў мақсетинде, кеше, биз оның өзи менен ушырастық.
- Бул жалған мағлыўмат. Расын айтатуғын болсам, мен өз арзам менен жумыстан босағанман. Себеби аттестация өткериўге компотентли шахслардың бири (ол оның атын айтқысы келмеди-автор ) маған бәрибир оннан өткермейтуғынлығын ашық айтты.
-Егер мен 10 сораўдан 8 сораўға жуўап берсемде өте алмайман ба? - деп сорадым.
- Бәрибир өте алмайсаң,-деди ол.
«Мен оннан кейин, оларға мениң лаўазымым керек болып турғанын түсинип, арзамды жазып, өз қәлеўим менен директорлық ўазыйпасынан кеттим»- деди Елимбет Султанов бул мыш-мышларға анықлық киргизер екен.
Буннан кейин Е.Султанов усы басқармаға жетекши қанийге болып жумысқа орналасты. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин болса ол бөлим баслығы етип тайынланады. Мине, 2008 жылдың 17-май күнинен баслап усы күнге шекем Басқарма баслығының ўазыйпасын атқарыўшы болып хызмет атқарып киятыр.
Е.Султановтың дөгерегиндеги мыш-мышлардың тап усы күнлери гүжип кетиўине, 9-классты питкериўшилерди академиялық лицейлер менен кәсип-өнер колледжлерине оқыўға тартыў мапазының басланғаны себепши болса керек. Быйылғы жылы республикамыз аймағындағы 751 мектепти 31835 оқыўшы тамамлады. Олар енди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003 жыл 29-октябрьдеги «Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўине избе-из өтиўди тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 473-санлы қарары ҳәм соған тийкарланып қабыл етилген норматив ҳүжжетлерге тийкар академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерине оқыўға тартылыўы тийис.
Сол биз жоқарыда тилге алған ҳүжжетлерде көрсетилиўине қарағанда, бизде 12 жыллық оқыў мәжбүрий. Ҳүжжетлер үстимиздеги жылдың 28-июнине шекем қабыл етилген. Кешеги күнге сол 31835 питкериўшилердиң 29518 си ҳүжжет тапсырған. Қалған 2317 оқыўшының тәғдири ҳәзирше нәмәлим болып тур. Сондай-ақ, быйылғы жылы басқа ўәлаятлардан 99, өткен жылы питкергенлерден 547 бала да оқыў ушын тийисли тәртипте ҳүжжетлер тапсырған.
- Буның себеби мәлим. Ол жердегилер жумысларды шәлкем-шалыслыққа салып, түрли көзбоямашылықларға жол қоймақта. Қандай да бир тест сынақлары, имтиханларды ойлап табады. Болмаса оқымайман деп жүрген бала жоқ,-дейди ата-аналардың бири, күйип писип. – Сол ушын да бүгинги күни бул жерде парахорлық, дәмегөйлик деген нәрселер ҳәўиж алып кетти…
Бул гәплердиң қаншалық ҳақыйқатқа жақын, я алыслығы туўралы ҳәзирше бир нәрсе дей алмаймыз. Бирақ өткен жылы питкерген 547 баланың бир жыл даўамында оқымай қалыўы бизди қатты ойландырып қойды. Олар қандай себепке байланыслы өткен жылы оқыўға тартылмай қалған? Ол бойынша ким, не биледи? Қандай шаралар көрилген? Быйылғы жылы тәғдири белгисиз болып турған балалар менен қалай ҳәм қандай тәртипте ислесемиз?..
…Ол енди басқа гәп. Гезеги менен, бул мәселелге қайта ораламыз. Бизиң усы ҳәм басқада бир қатар машқалалар бойынша алып барып атырған журналистлик изертлеўлеримиздиң жуўмағы менен, газетамыздың келеси санларының биринде танысасыз.
Солай етип, «Елимбет Султанов аттестациядан өте алмай қалды» деген мыш-мышлар тастыйықланбады…