суббота, 4 июля 2009 г.

Президент қарары талапларын үзилиске түсириўге кимлер ҳәм нелер себепши болмақта?


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007 жыл 16-март күнги «Алкоголь өнимлери менен усақлап саўда ислеўди және де тәртипке салыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-605-санлы қарары талапларының үзилиске түсирилип атырғаны туўралы «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2009 жыл 19-май күнги 60-санында «Қәнийгелер не дейди?» атлы мақала жәриялаған едик. Мине арадан бир айдан аслам ўақыт өтти. Бирақ, еле усы күнге шеке сол биз айтқан саўда шақапшаларында жағдай еле өзгермеди.

Гәп тийкарынан Нөкис қаласындағы Х.Турымбетов көшесиниң «Нөкис дийхан базары» менен өзеклес болған жеринде жайласқан 20 дан аслам спиртли ишимликлер менен саўда ислейтуғын турғын саўда шақапшалары туўралы бармақта.




Президент қарары талапларының үзилиске түсирилип атырғаны туўралы биз баспасөз арқалы тийисли шөлкемлерге «қулақ қағыс» етиўимизге қарамай, ол жерлердеги нызам бузыўшылық ҳалатларының даўам етиўи бизди қатты тәшўишлендирмекте. Неге дегенде, бириншиден, бул жерде көп муғдардағы нақ пулдың банктен тыс айланыўына жол қойылмақта. Екиншиден, бул тараў ушын жуўапкер тийисли шөлкемлер ҳеш болмағанда орын алған жағдай туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң басылымы сын пикир айтқаннан кейин де итибар қаратпаўы, бул жерде қандай да бир басқа себеплердиң барлығынан, анықрағы, жағдайдың услай даўам етиўинен мәптар «тәреплер» пайда бола баслағанын аңлатып турғандай.

Олай болатуғын болса, бизиң ойымызша, бул мәселени Президент қарарында белгилеп қойылғанындай прокуратура уйымлары өз қадағалаўына алыўы керек болатуғын шығар, қалай да?!..

"Еркин Қарақалпақстан"ға – 85 жыл




Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Респуликасы Жоқарығы Кеңеси комитет баслығы К. Реймов ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары К.Абдижалиев, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Баслығы Ш.Уснатдиновлер қатнасты.

«Еркин Қарақалпақстан»ға – 85 жыл






Бас редактор Кеңесбай Каримов саўғаларды қабыл етпекте...

Қалыс пикирлер…



2

Адамлар түрли топарларға бөлинеди. Олардың арасында, тек өзи ушын жасайтуғынлары да, халық ушын жасайтуғынларыда бар. Басып өткен ярым әсирлик жолымда мен олардың көпшилиги менен ушрастым. Бирге ислестик.. Той-мерекелерде отырысып, табақлас болдым…

Өкинишлиси, соңғы ўақытлары тек «жеў ушын жасайтуғынлар» көбейип баратыр. Олар өзине жараса саўатлы, саналы адамлар болса да, жеме-жемеге келгенде қам сүт емген бендешилигине салып, өз позицияларынан шығыныңқырап кетебереди. Дурыс, турмыс мәжбүрлейди. Деген менен сол сынақлардан да ҳүжданыңды былғамастан, ҳәрекеттеги нызам талапларын айлана берместен-ақ өтиўге ҳәрекет етиў керек. Сениң басқалардан айырмашылығыңда сонда болатуғынын бәрҳәма есте сақлағаның мақул болады.

«Жазмыштан озмыш жоқ»-дейди ата-бабаларымыз. Бул гәпте қаншалық ҳақыйқатлық бар, оны айтыў қыйын. Бирақ адам дүньяға келген пайытта-ақ, оның тәғдири-жазмышы «пешанасына» жазылып қойылатуғын қусайды. Егер олай болатуғын болса, биз сол өмир атлы үлкен сахнадағы ролимизди жақсы атқарыўға тырсыўымыз керек шығар, қалайда?! Жаратыўшымыз деп аталатуғын Бас режессордың сенарийинен шығып кетеберген де болмас, сирә.

Жоқарыда айтқанымдай, усы ўақыт ишинде көплер менен ушрастым. Олардың базы биреўлерин көрип, сәўбетлесип оларға деген ҳүрметим артқан болса, айырымларын көшеде ушыратсам атлы қашып кетким келеди. Өзиниң әтрапына жағымпазларды жыйнағысы келетуғын ҳәмелдарлар, олардың «ийти» болып жүриўди қәлейтуғын еки жүзлилер, тили басқа, дили басқа- кәтқудалар, әзелий көкирегинде басқаларға деген жақсы нийети болмаған, бирақ өзин солай услап-тута алатуғын жалатайларды да көрдим. Олардың жағдайға қарап өзгере алатуғынлығы, басқалардың ролине де кирисип кетеберетуғынлығы мени ҳайран қалдырған ўақытлары көп болды. Олар пул, дүнья деп намысын-арын сатқанда маңлайын жыйырмағаны мени тәўишлендирер еди. Ал гей биреўлери қыласынды қылып болып, халықтың, елдиң алдында «аппақ хожаның ақлығы» болып отыратуғынына не дерсең?!

Мен түсинбейтуғын бир нәрсе, олардың биле тура тарийыхтан сабақ алып, жуўмақ шығармайтуғыны. Болмаса олар өзлери жасаған дәўирдегилерди көре биле турып, болмаса өзлеринен бурын өткенлер туўралы есите турып, солар ислеген қәтени тәкирарлаўын қалай түсиниў мүмкин. Айтайық, соңғы 50 жылда кимлер өтти? Олардың ислеген ислерин, жақсылықларын, жаманлықларын естен шығардық па? Демек, саған да баҳа бериледи. Ислеген ислериңди тәрезиге тартады. Солай екен не ушын Алла Таала тәрепинен берилген қысқа өмир ишинде жақсы болып жасап, изиңде жақсы ат қалдырыўға болмайды?!

Халық ертең «мына аралықта мынандай адам өткен, ол мынандай жумыслар ислеген» деп айтып жүрсин. Сен өзиң туўралы тап солай болады деп айта аласаң ба? Айта алмайсаң. Мен оны жақсы билемен. Себеби сен ҳеш қашан басқалар ушын жасамадың. Тек өзиң ушын жасадың. Жақсы жеп-иштиң. Жананлар менен шалқыдың. Ол ушын көп пул керек болды. Соған бола көплеп нызамларды бузыўыңа туўра келди. Дәслепки күнлери түнлерде уйықлай алмай шығып жүрдиң. Себеби ҳүжданың ол ўақытлары бүгинги күндегидей болып жүдә былғанып қалған жоқ еди-дә. Кейинги күнлери сен сол баяғы күнлериңди умыттың. Асығың алшы. Ҳеш нәрсе есиңе кирипте шықпайды. Ҳәтте, кеше қараўыңдағы ана жесир ҳаялды жумыстан қуўып жибергениңде, өз-өзиңнен кеўлиң толып, саған ҳеш ким тең келе алмайтуғындай сезген едиң, өзиңди.

Қалыс пикирлер…

1
Ойлап көрсем мен де жас емес екенмен. Онның үстине, журналистика кәсибине араласқаныма да 25 жылдан асыпты. Бир жигиттиң өмири дерлик. Солай екен мен де әтрапымда жүз берип атырған ўақыялар, өзгерислер, жаңаланыўлар, қубылыслар, олардың бас атқарыўшылары болған адамлар жөнин де қалыс пикир билдириўге ҳақылы болсам керек.

Әлбетте, қалыс пикирди ҳәр ким ҳәрқыйлы түсиниўи, басқаларға оны түрли мәни берип түсиндириўи мүмкин. Сол ушын алдыннан айтып қойғаным мақул болатуғын шығар, мен тек өзим гүўасы болған ҳәм олар туўралы сол ўақыттағы түсинигим менен қыялымнан өткергенлерим туўралы жазбақшыман. Расымды айтсам, бала гезлерим көп нәрсеге түсинбегенмен. Бул, бәлким, мениң сол ўақытлары аўылымнан тысқарыны көрмегенимнен болса керек. Ҳәтте үйдиң аррағрағындағы «Дәўдиң тереги»нен өтип кетсем жердиң шетине шығып, арман қарай түсип кетсем керек, деп те ойлаған гезлерим болған.

Мектепке барғаннан кейин барып, дәслебинде Мәмбет муғаллим (Мәмбет Мәдреймов), соң Базарбай, Оразбай, Баймурат, Сатулла, Мәдрейим, Тәңирберген, Зайыр Жийенғалий муғаллимлер жәрдеминде әсте-әсте бул нәрселерге түсинип бардық. Ал, Дәўлетияр муғаллимниң санамызға қуйған үгитлеринен кейин болса әдебиятқа меҳир қойдық. Дүньяны таныдық. Оннан кейин барып районлық «Ленин жолы», республикалық «Жеткиншек», «Жас Ленинши»лерди «жатып» оқыдық десек те болады. Сол ўақытлары «Әмиўдәрья» журналы ең қыт, ким болса соған тийисе бермейтуғын шын мәнисиндеги қәдирли басылымлардың бири еди. Ол бизлерге Қалқыз шешем басынан аяғына шекем қалдырмай оқып болғаннан кейин барып тийисетуғын еди.

Кегейли районының Энгелсь совхозында (ҳәзирги «Абат аўылы» пуқаралар жыйыны аймағы) туўылдым. Бизиң аўыллар мен есимди билген 1965-1970-жылларда жүдә гөззал, қалың терекли, ең жоқ деген үйдиң алдында кем дегенде 5-10 түп мийўе ағашы өсетуғын, пайызлы жерлер еди. «Араншы аўылы», ал кейин ала бизиң мешит қәўимимиз К.Маркс бөлими деп заманагөйлестирилип аталып кетти. Есимизди таныўдан пахта атызынан узақлап кете алмадық. Жазда ғаўашаны жабайы шөптен тазалаў, гүзде пахта терими…

Мениң есимде қалғаны, аўылларда пахта егилетуғын атызларды дамбылап суўғарыў басланғаннан кейин жерлерди изей басты. Бағлар бир шеттен қуўрай баслады. Бирақ , биз, сол ўақытлары аўылымызға цивилизацияның бир ушлығы жетип келгенинен мәс едик. Ҳәтте, газеталар арқалы «асаў дәрья жылаўланды» деген хабар тарқатылғанда аўыл болып қуўанғанымыз еле есимде.

Ол ўақытлары «гектаршылар», «звеношылар» деген түсиниклер бар еди. Олар өзлерине бекитилген жерлерден мол ҳасыл жеткерип, жыл ақырында премия алатуғын еди. Бул олардың хожалығын бир көтерип таслайтуғын болғанын ҳеш ким инкар ете алмаса керек. Ким саўын сыйыр алса, және биреўлер эконом пулы есабынан автомашина сатып алып мингенин өз көзимиз бенен көрдик. 70 жыллардың басында аўылларымызға электр сымлары тартылды. Арадан бир-еки жыл өтип сәл қолы узынлаў шаңарақларда ақ-қара телевизорлар пайда бола баслады. Бундай «цивилизацияның» араласыўы менен бизиң аўылларға «қосып жазыў» уқсаған көзбоямашылық элиментлери де араласа баслады.

80-жылларға келип ол өзиниң ең шыңына жетти. Сол ўақыттағы ҳәр бир адам жағдайдың тап солай даўам етпеслигин түсине баслаған еди. Арадан көп өтпей Л.И.Брежнев өлип, оның орнына келгенлер заманды астын-үстин етти…

Бул арада биз ержетип, оңлы-солымызды таныйтуғын дәрежеге жеттик. Аўқам дәўириндеги «қайта қурыўлар» бизиң әйне жигит болған пайытларымызға туўра келген. Мен бул ўақытта республикалық жаслар газетасы болған «Жас Ленинши» газетасында ислеп атыр едим. Буннан сәл алдын «коммунистлик партияның съезди қарарларынан рухланып жүргенлер» бирден 180 градусқа өзгерип «қайта қурыўшы» болып шыға келди. Кеше ғана «партия шақырықларынан рухланып 3 гектар жер суўғарған суўшы» мәмлекет тарийхы, өтмиш, келешек туўралы «қайғыратуғын», жәриялылықтан рухланып истиң нәтийжели болыўына умтылатуғын «саналы рабочийларға» айланды. Қалай да, сол ўақыттағы газеталарда булар туўралы тап сондай деп хабарлар тарқатылар еди.

Мен де көптиң бири болып «… рухланған бригада ағзалары өзлери еккен 100 гектар жердеги ғаўашадан мол зүрәәт жетистириў ушын ат салысып атыр…» ғанын хатқа түсиргенмен. Кейин ала, анықрағы, газетаның хатлар бөлими менен ислес бола баслағанымнан кейин барып, өзим таңлаған кәсиптиң сыр-санаатын аңлай басладым…

Жаслар газетасында жүрип «Мен айыплы емеспен, анажан», «Қәте», «Ҳүким», «Сен бахытлы боласаң, Джимми», «Пара ҳәм парахорлықтың дөгерегиндеги гәплер» атлы аналитик ҳәм сын мақалалар жаздым.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасына араласқаннан кейин (1991-1992 ж) болса «Пулдың пуўы көтерген Нәўбетке, елдиң басшысы ким болыпты», «Былғасық…» атлы бир қатар мақалалар жазылды.

1992-2002 жыллар аралығында айырым себеплерге бола баспасөзден басқа тараўда ислеўге туўра келди.

2002 жылдан баслап баспасөзге қайта араластым. Дәслепки мақалаларымның бирине сол ушын «Мен қайтып келдим…» деген тема қойдым. Соңғы жыллары республикамыз турмысында орын алып атырған машқалалар туўралы бир қатар аналитик мақалалар жаздым. Алдағы ўақытларыда усы бағдардағы ислеримди даўам еттириў нийетим бар.

Хабарыңыз бар, бизиң интернеттеги ҳәрекетлеримизди баслағанымызға онша көп ўақыт болған жоқ. Соған қарамай өз сайтымызды ашып үлгердик. Оның URL адреси http://www.kkreporter.uz/ . Бул бизге баспасөздегиден кеңирек мүмкиншиликлер берери турған гәп. Ол енди қалай шығып атыр, көпшиликке унай ма, жоқ па? Оған өзлериңиз баҳа берерсизлер.

(даўамы бар)