понедельник, 6 июля 2009 г.

Пара ҳәм парахорлықтың дөгерегиндеги гәплер


Күнделикли турмысымызда көрип ҳәм еситип жүрген гәплер болғаннан кейин, темаға алып шыққан бундай сөз дизбеклери, көпшиликти елең еттирмей қойғанын жақсы түсинемиз. Ҳәтте «пәленше пул алып атырып ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерииниң қолына түсип қалыпты» деген сөзди еситкен көпшилик, «ҳәзир ол ерси болмай қалды ғой» деп, тек бундай бәле қаданың өзиниң қарабасынан аўлақ жүриўин тилеп, жағасына түкирип, аман жүргенине шүкиршилик етип қоя-қоятуғын болып киятыр…

Ең өкинишлиси, бундай жаман иллетлерге жасларымыздың да көнлигип баратырғанында болып отыр. Мине жақында ғана жоқары оқыў орынларында сессиялар болып өтти. (Айырым жерлерде еле даўам етип те атыр). Жасыратуғыны жоқ, бул тараўдағы пайда болған машқала кем-кем улғайып, дүзелиўи көп күш талап ететуғын қәтеге айланбақта. Неге дегенде, кейинги пайытлары «жыйна-жыйналар»дың түрлери көбейип, себеп ҳәм усыллары өзгерип, мазмун ҳәм мәни жағынан «байып», ол турмысымызға күнделикли «зәрүрликлердей» болып енисип бармақта.

Бул тараўды үйренип киятырғаныма бираз ўақыт болды. Нәтийжелери бойынша ўақты-ўақты менен өзимиздиң газетада, интернетте мақалалар жәриялап киятырман. Сәл илгериректе жәрияланған «Ертекке уқсаған ҳақыйқатлық» атлы мақаламнан соң усы мәселеде оқыўшылардан көплеп хатлар келди, усыныс ҳәм тилек билдириўшилер де көп болды.
- Қашан биз пәленше парахор деп, бармақ пенен түртип көрсетпегенше ҳеш нәрсе өзгермейди. Себеби сол оқытыўшылар (бул жерде олардың парахор менен дәмегөйлери нәзерде тутылмақта-автор) газетада айтылған улыўма гәпти оқып көрип инсапқа кириў, ойланыў, уялыў уқсаған пазыйлетлерди сезиниў басқышынан өтиңкиреп кеткен – дейди Абдималик исмли кәсиплеслеримниң бири. – Сол ушын биз-журналистлер бул мәселелерди тереңнен үйренип шығып, дәл фактлер келтирип, аналитикалық мақалалар жазыўымыз дәркар,-дейди ол.

Ал жоқары оқыў орынларының бириниң атын айтқысы келмеген бир студенти болса:
- Оқыў процесинде түрли бәнелер менен пул жыйналатуғынын ҳәмме биледи. Айырым жазыўшылар менен шайырлардың көктийинге турмайтуғын китаплары (қандай себеби болмасын сол китаплардың мәжбүрлеп кимге дур сатылыўын басқаша баҳалаў мүмкин емес), қосықшыларымыздың сүўрети түсирилген плакатлары, қойған концертлериниң билетлери ушын жыйналатуғын пулдан бөлек, оқытыўшыларымыздың күнделик «қәрежетлери» ушын да студентлердиң ата-анасының қалтасынан кенапаттай қаржы жумсалыўы талап етиледи.

Ең өкинишлиси ҳәм қорқынышлысы, деканларымыз күнде болмаған менен ҳәптесине бир мәрте «пул жыйнап атырғанлар болса жазып бериңлер», «оларды жоқ қыламан», «қаматып жиберемен», «мен сизлер тәрептемен» деп ўаз оқығанында. Неге дегенде, арадан бир күн өтпей сол «қамалып кетиўи тийис оқытыўшылар» «деканға хабарласатуғын ким бар, мына сумманы берсең болғаны, декан «танк» болып береди»син айтып, зарланып жүргенин көрип, кимге исенериңди де билмей қаласаң,- деп ҳағынан жарылды.

- Мен сениң булардың бәрин журналист сыпатында үйренип шығып болып, соң жазғаныңа исенемен. Лекин сол пәми төмен оқытыўшы (бул жерде де сол парахор оқытыўшылар нәзерде тутылмақта – автор) бул гәплерди өзиңниң студент балаларың айтып келип жүр деген пикирге барады,- деп күйип писеди Бахтияр исмли достым. –Себеби олардың боп-болғаны. Олар дүзелмейтуғын «кеселге» шатылып болған. «Бүкирди гөр дүзейди» деген емес пе?- дейди ол тағы.

- Бул жағдайды жөнлеў қыйын,- дейди және бир студент. – Себеби әзелден пара менен кирген балалар оқығысы келмейди. Олар ушын «жыйна-жыйналар» даўам еткени мақулырақ. Ата-аналарының қыйналып атырғанын ойлайтуғын бала шенде-шен. Өзлериниң жаны тыныш болса болғаны.

Сәл билими тәўирлеў оқыўшыларды болса «сум» оқытыўшылар жаңағыларға қарсы қойып, «сындырады». Айырымлары билимине исенип пул бермегенлерди «пересдачқа» қалдырып, әўере сарсаң етеди.

- Билип турсада ма?

- Олардың билмейтуғын саўалларын таўып береди-дә. Ақыры студент робот емес ғой. Ерте бәҳәрден шембиликлер, соң ғаўаша тәрбиясы… дегендей. Пул бермесең «3» ти де қоймайтуғын оқытыўшылар пайда болды. Оның үстине бир күнде төрт имтихан тапсырғанда қаяқта жүр едиңиз?!

Айтыўшылардың гәпине қарағанда, ҳәр сессия ўақтында жоқары өқыў орнының бир студентинен кем дегенде 150-200 мың сумға шамалас пул жыйналар екен. Енди оны сол оқыў орнындағы студентлердиң санына көбейтип көрсеңиз, ол жерде сол қысқа ўақыттың өзинде қанша қаржы муғдарының «айланыста» болатуғынын билип алыўыңызға болады.
Усы жерде өз-өзинен, орынлы түрде сораў туўылады: олай болатуғын болса тийисли шөлкемлер қаяққа қарап отыр? Жуўап та тайын. Бир емес, екеў. Бириншиден, олар ислеп атыр. Бирақ буннан кең жәмийетшилик бийхабар.

Екиншиден, буның бәри мыш-мышлар. (Бул бүгинги күнги коррупцияға белшеринен батқанлардың қуралы ҳәм өзлерин ҳақлаў ушын айтатуғын сылтаўы). Олардың түсинигинше, жағдай еле ол дәрежеге барып жетпеди…

Ҳәтте бул жағдайларға профессиональ журналистлеримиздиң арасында усы мазмунда баҳа беретуғынлары да баршылық. Бундай деўиме усы тараў бойынша жазған бир мақаламды редколлегияның тапсырмасы менен оқып шыққан бир кәсиплесимниң: «усланбаған уры емес» деген пикирди жазғаны себепши болды. Мен оны оқып көрип бизиң ата-бабамыздың жүдә бир ақыллы, дана болғанына және бир мәртебе тән бердим. «Түйени самал ушырса, ешкини аспанда көр» дегени усы шығар, қалай да.

Буның барлығына жеме-жемеге келгенде ҳуқықый мәдениятымыздың төменлиги себепши болмақта. Оны мойынлаўымыз керек. Керисинше, көргенди … леп жеңип, кимлергедур жағымпазлық етемиз. Ал күнниң-күни келгенде болса, сол өзлеримиз жағымпазлық еткенлердиң сыртынан сайып, изинен ийттей үремиз. Бул нәрсени бастан өткермедик пе?! Көрмедик пе?! Сезбедик пе?!

Өткен ўақыт ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң, Нөкис педагогикалық институтының, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалының бир неше оқытыўшылары пара менен усланған болса, айырымлары көп муғдардағы қаржыны өзлестиргенликте гүманланып тергеўге қатнап жүр. Сондай-ақ, республикамыздағы бир қатар ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, Кегейли, Тахтакөпир районлық мәмлекетлик салық инспекциясының баслықлары, Нөкис мәмлекетлик салық инспекциясының еки қәнийгеси, ҳәтте Нөкис қаласындағы бир мектеп директоры пара алып атырып қолға түсти. Бирақ олар туўралы бирде – бир газета өз оқыўшыларына оператив мағлыўмат тарқатпады. Неге?

Жоқарыда айтқанымыздай, буның барлығы ҳуқықый мәдениятымыздың төменлигине барып тақалады. Бул жағдайды басқаша баҳалаў мүмкин емес. Айырымларымыз буны «айыпсызлық презумпциясына» апарып тықсырып, өзимизди ақламакшы боламыз. Негизинде, ол қәте. Неге дегенде, ҳеш ким сеннен сол қолға түскен адамның айыплы я айыпсыз екенин жаз деп атырған жоқ. Ол сениң компетенцияңа да кирмейди. Ал ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген әмелий жумыстың нәтийжеси туўралы оқыўшыны хабардар етиў сениң кәсиплик ўазыйпаң. Оннан қала берди, егер тереңирекке нәзер таслайтуғын болсақ пуқаралық позиция деген де түсиниклер бар.

Және бир нәрсе, биз гейде журналистлик позициядан турып коррупцияға қарсы гүрес дегенде, сол қолға түсип қамалғанлар менен судланғанлар туўралы жазыўды ғана түсинбеўимиз керек. Журналист ҳәмелде турып Президент пәрманларын, ҳүкимет қарарларын, ҳәрекеттеги нызамларды аяқ асты етип, үз-илиске түсирип, ел, халық байлығын талан-тараж етип, нызамсыз табылған пуллар есабынан жай салып, басқа намақулшылықларды ислеп, жынайый жуўапкершиликти айланып өтип жүргенлерди анықлаўы тийис. Соларға қарсы маўасасыз гүресиўи зәрүр.

Егер биз жоқарыдағыдай жағдайларда өз кәсибимизге жуўапкерсизлик пенен қатнас жасасақ, орын алған жағдайлар бойынша кең жәмийетшиликке анық хабар тарқатпасақ адамлар оған жуўапты мыш-мышлардан излей баслайды. Нәтийжеде олар еситкенлерине қосып-шатып гәптиң көбейиўине тийкар жаратады. Немиш, өзи пара менен усланып атырған адамның пулы көпмиш, тез арада пул берип шығып кетедимиш… Бул, өз гезегинде, сол әмелиятты өткерген ҳуқық қорғаў уйымларының абыройын түсирип, оларға исенимсизлик пайда етери де турған гәп.

Заң алдында ҳәмме теңдей. Сол ушын биз жәмийетте орын алып атырған бундай қубылысларға өз позициямызды билдирип барыўымыз тийис. Ҳүрметли Президентимиздиң 2009 жылдың 7-ноябринде Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Миллий баспасөз орайындағы әмелий сәўбети пайытында жаңлаған: «… ең тийкарғы шешиўши талап- шынлықты, турмысты толық көлемде сәўлелендириўден ибарат. Себеби, шынлық журналистиканың өзгермес ҳәм турақлы шәрти» деген Шақырығы бизиң бас ўазыйпамызға айланбағы дәркар. Сонда ғана биз Президентимиздиң усы жылғы кәсиплик байрамымызға бағышланған қутлықлаўындағы: «… усының менен бирге, жолымызда тосық болып турған иллетлерге – бул коррупция ма ямаса ҳәмелпаразлық бола ма, жерлеслик, адамлардың дәртин көрмеў бола ма – булардың барлығына қарсы маўасасыз гүресиў, бир сөз бенен айтқанда әдилликти тастыйықлаў, жәмийетимизди буннан былайда еркинлестириў ушын өзин аямастан, ҳүждан ҳәмири менен жасаў журналист деген кәсипти таңлаған инсанлар ушын бәрҳәма өмир мақсети болыўын қәлер едим» деген жалынлы сөзлерине ис пенен жуўап берген боламыз.

Хабарыңыз бар, бүгинги күни жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына абитурентлердиң ҳүжжетин қабыллай баслады. Бул процестиң жүдә бир қыйын ҳәм қурамалы өтетуғынын, ҳәр жылы ол жерде түрли көз

бояўшылықлар, дәмегөйликлерге жол қойылатуғынынан ҳеш ким де бийхабар емес. Ҳәтте, ҳәзирдиң өзинде аты бар, айырым факультетлердиң «байрағы» анықланып, грантқа оқыйтуғынлардың «дизими» де белгили болыптымыш дегенге уқсаған гәплерди қулағымыз шалып жүргенин жасырмаймыз. Әлбетте, бул гәплер қаншалық ҳақыйқатқа жақын, я алыслығын айтыўымыз қыйын. Лекин, өткен жыллар ишинде жоқары оқыў орынларындағы пара алып атырып қолға түскен оқытыўшылардың санын көрип турып… мүмкин емес дейтуғын «мәрт» шығатуғынына гүман етип турғанымызда, рас. Және ким билсин?..
Буларға ким жуўап береди?! Ким жуўапкер?!