понедельник, 30 августа 2010 г.

Суўдың да сораўы бар…


Бизиң халқымызда бурыннан-соңлы «суўдың да сораўы бар» деген даналық гəп бар. Ол мəзи айтылмаған. Бирақ оның шын мəнисин уққан уғып, уқпаған уқпай-ақ өтип кетеберетуғын қусайды-аў…

Абайлаған болсаңыз, соңғы ўақытлары бизиң республикамыз аймағында ҳəрекет етип турған ғалаба хабар қуралларында айырым лаўазымлы адамлардың қылмыслары ашық жазыла баслады. Анығырағы, газеталарда олардың нызамсыз ҳəрекетлери туўралы тийип-қашып болсада сөз етилмекте. Жəрияланған материалларда сол шахслардың өзлери ийелеп турған ҳəмеллеринен пайдаланып нызамсыз жоллар менен көп муғдардағы мəмлекет ҳəм жеке пуқаралардың мал-мүлкин талан-тараж еткенликлери туўралы гəп барады. Соған қарағанда, сол биз жоқарыда айтып өткен, халық данышпанлығын писент етпей, оның маңызын шаға алмай жүргенлердиң «сораўға» жуўап беретуғын ўақты жетип келген көринеди.

Əлбетте, бул жерде мен сол басылымларда жəрияланған мақалалар менен суд очерклериниң мазмунын қайталап айтып берип отырмақшы емеспен. Бар-жоғы оларды оқығаннан кейин өзимниң кеўилимде пайда болған сораўлар бойынша ой жуўыртып (размышление вслух) көрмекшимен.

Дурыс, ғəрезсизликке ерискенимизден кейин бизиң елимизде əсирлерге татырлық , келешекте бир неше əўлəд тилинде дəстан болатуғын жетискенликлерге ерисилди. Ҳүрметли Президентимиз башылығында алып барылып атырған дурыс ҳəм əдил экономикалық сиясат өзиниң унамлы жемислерин берип атыр. Буны тек өзимизде емес, ал дүнья тəн алмақта.

Бул туўралы Қарақалпақстан Республикасы Руўхый үгит-нəсият орайы басшысы, белгили журналист Шарап Уснатдинов өзиниң «Еркин, азат жасаў бахты» деп аталатуғын («Еркин Қарақалпақстан» газетасы. №93 (18931). 2010-жыл 5-август) мийнетинде:
«… М.В. Ломоносов атындағы Москва мəмлекетлик университетиниң ректоры, Россия Илимлер Академиясының вице-президенти В.Садовничийдиң «Халқ сузи» газетасының 2009-жыл 30-май күнги санында жəнияланған «Өзбекстан Президентиниң китабы экономика теориясының тийкарғы қағыйдаларына тийкарланған» деген мақаласындағы: «Жуўмақлап сол нəрсени айтқым келеди, Өзбектан Республикасы Президентиниң китабы бизге дүньяның бир қатар экономикалық раўажланған мəмлекетлери дус келип атырған көплеп машқалаларды өз алдына бөлип алынған бир мəмлекетте қаншелли нəтийжели шешилип атырғанының үлгисин көрсетеди» деген қатарларды келтиремен. Дүньяға белгили академиктиң бул сөзлери Президентимиз басшылығында жүргизилип атырған экономикалық реформалардың жер жүзи көлеминде мойынланыўының жəне бир көриниси есапланады» дей келе, «…БМШ тың саўда ҳəм раўажланыў бойынша конференциясының бас хаткери С.Панитчпакди, Азия раўажланыў банки регионаллық департаменти директоры Х.Мирандилердиң бизиң реформалардың бес принципине берген жоқары баҳаларын оқыдым. Менде, əсиресе, Нью Йорк штаты университети профессоры П.Морвиждиң: «Базы бир либирал экономист экспертлер илгериде Өзбекстанды санаттың раўажланыўын мəмлекет тəрепинен қоллап-қуўатлаўға қаратылған сиясаты ушын сынға алар еди. Бирақ , 1929-1933-жыллардағы үлкен дипрессиядан кейин биринши мəртебе жүз берген бүгинги терең экономикалық крезис дəўиринде бул сиясатты көплеген мəмлекетлер қоллаўға умтылмақта» деген сөзлерин оқып жүдə тəсирлендим. Өйткени, дүньяның белгили экономист-алымларынының бундай етип мойынлаўлары ҳəзирги заманда аңсат емес еди» деп көрсетеди. Сол ушын бул жағдайлар бойынша буннан асырып ҳеш нəрсе айта алмасақ керек.

Ал енди усындай бир пайтта, өзлериниң жеке басының ғамын ойлап, ийелеп турған лаўазымларынан пайдаланып, ҳəрекеттеги нызамлар менен ҳүкимет қарарлары ҳəм Президент пəрманлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, мəмлекет мүлкин талан-тараж етип, халыққа көп муғдарда зыян жеткизип атырғанлар кимлер?.. Мəлим болыўынша, айырым министрлер, ҳəкимияттың жуўаплы хызметкерлери, салық , банк, ҳəтте, олардың арасында ҳуқық қорғаў уйымларының ўəкиллери де бар қусайды.

Мениң өзим де олардың айырымлары туўралы газетаға суд очеркин таярладым. Хабарыңыз бар, жақында, усы жерде (сайтта демекшимен) республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жəрияланған өзимниң «Басқа жағын айтпағанда…» атлы мақаламды жайғастырған едим. Оны оқыған базы бир оқыўшыларымыз оған өз пикирлеринде жазып жибериўге үлгерипти. Солардың ишинде мениң дыққатымды тартқаны, өзиниң пикирин «Толық емес мақала…» деген атамада жоллаған достымыздың хаты болды. Оның айтыўына қарағанда, мен фактти суд ҳүкиминен алып, тайын мақала жазғанбышпан. Ол буның орнына еле ҳуқық қорғаў уйымлары ўəкиллери қолына түспеген, елеге шекем нызам талапларын бузып, Президентимиз пəрманлары менен ҳүкимет қарарлары талапларын менсинбей жүргенлер туўралы жазыў кереклигин уқтырыпты.

Негизинен алғанда, бул дурыс усыныс. Ҳақыйқатында да, журналистлик изертлеў жүргизип, бундай жағдайлар бойынша аналитик мақалалар жазыўды бизге ҳеш ким қадаған етип қойған жоқ. Ол ушын бизиң елимизде журналистлер ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған, ҳуқықый базалар ислеп шығылған. Оннан налымаймыз. Усы бағдарда ислепте атырмыз.

Бирақ , биз өзиниң атын көрсетпей хат жоллаған сол достымыздың «олар туўралы жазыўға қорқасыз» деген кейинги пикирине қосыла алмадық. Егер алдағы ўақытлары ол бизге өзиниң аты-жөнин көрсетип хат жолласа, өзи жоқарыдағы хатында айтқан лаўазымлы адамның Хожели районы аймағында салынған «сарайдай жайын салыўға кеткен қəрежет дереклерин…» изертлеп, анықластырыўға ўəде беремиз. Абайлаған болсаңыз, бул достымыз сол жоқарыда аты аталған «Басқа жағын айтпағанда…» атлы мақаламыз «қаҳарманы» болған ТИФ «Миллий банк»иниң Хожели районындағы филлиалы баслығының миллиард сумнан аслам қаржыны бир өзи жемегенин айтып, жақламақшы болып отыр…

Усындай мазмундағы хатлар тек мениң электрон почтама емес, редакцияларымызғада көплеп келип атыр. Демек бизиң олар менен де есапласпаўға ҳақымыз жоқ.

Буннан бир неше жыл бурын, анығырағы, 2004-жыллар шамасында мен «Еркин Қарақалпақстан» газетасында «Бардан жоқ болмайды…» деген темада бир аналитик мақала жəриялаған едим. Онда тийкарынан республикамыз аймағында алып барылып атырған үлкен қурылыс жумыслары, соның ишинде колледж ҳəм мектеп қурылысларына айырықша итибар қаратқан едим. Ҳақыйқатында да, бул қурылыс жумысларының мəмлекет тəрепинен қаржыландырылыўы орынлы ҳəм ҳəр тəреплеме ойлап шығылып исленген ис деп ойлайман. Тийкарғы мақсет ертеңги келешегимиз болған жасларымыздың терең билим алып, ҳəр тəреплеме саўатлы ҳəм мəдениятлы болып өсип-ержетиўи болған болса да, оның арқасында жүдə бир сəтли экономикалық шешим жатқан еди.

Бириншиден, бундай кең көлемдеги жумысты қаржыландырыў арқалы жүз мыңлап адамның жумыс пенен тəмийинлениўи көзде тутылған. Бул түсиникли, əлбетте. Оны қəниге емес адамда аңғарып алыўы онша қыйын болмаса керек.

Екиншиден, киши ҳəм орта бизнести жолға қойыў арқалы, өндиристи раўажландырыў нəзерде тутылған. Анығырағы, қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын кəрханлар, фирмалар, заводлардың, жүклерди тасып жеткериўи тийис автокəрханлардың толық ислеп кетиўине имканият жаратылды.

Үшиншиден, төртиншиден, бесиншиден…

Бүгинги күни қат көтерген колледж ҳəм мектеп имаратларын көрип көзиң қуўанады. Таза ҳəм бийик, соңғы заманагөй əспаб-үскенелер менен тəмийинленген колледж ҳəм мектеплердеги оқып билим алып атырған балаларға қарап ҳəўесиң келеди.

Бирақ… Əне усы «бирақ» бизди қатты тəшўишке салмақта. Неге дегенде, сол сапары мақаламызда айтқандай үлкен-үлкен завод, фабрикалардың орнында ҳəзирги заман талапларына жуўап беретуғын киши кəрханалар, цехлер, мини заводлар пайда болып, олар бүгинги күни толық қуўатлылықта ислеп турғанда бар ма? Мени ҳайран қалдыратуғын бир нəрсе, сонша обьектти қурып питкериў ушын кеткен гербиш, бетон, мраморлар қаяқтан алынды? Оларды тасып жеткерген автокəрханалар қайда? Ақыры, олар қаншадан-қанша қаржы өзлестирген жоқ па еди? Я болмаса сонша муғдардағы мəмлекет қаржысы қайсы бир спиртли ишимликлер сататуғын саўда шақапшаларына, көтере саўда менен шуғылланатуғын базаларға өткерип жиберилип, нақластырылып, тақластырылып болынды ма?

Сораўлар көп, жуўап аз. Бул сораўларға жуўап таба алмаслығымыздың тийкарғы ҳəм баслы себеплериниң бири болса жəне өзимизге келип тақалады. Неге дегенде, соңғы жыллары усындай намақулшылықлар менен шуғылланған көплеп қурылыс кəрханаларының басшылары заң алдында жуўап берди. Олардың көпшилиги нызамлы жазаларын алды. Айырымларының жынаятлы ислери еле ҳуқық қорғаў уйымлары тəрепинен үйренилмекте. Бирақ олар туўралы өз ўақтында баспасөзде болып, я басқа бир ғалаба хабар қуралларында болып ашық айтылмады. Талқыланбады. Көпшиликти қанаатландырғандай, кеўиллеринде пайда болған ҳəрқыйлы орынлы ҳəм орынсыз сораўларға жуўап болғандай мағлыўмат тарқатылмады…

…Гəпимниң басында айтканымдай, соңғы ўақытлары бизиң республикамызда коррупцияға, парахорлыққа, көзбоямашылыққа, дəмегөйликке қарсы гүрес кең көлем жаймақта. Ҳуқық қорғаў уйымларының бул бағдарда ислеп атырған нəтийжели əмелий жумысларын баспасөзлеримиздиң қоллап-қуўатлап атырғаны оғада орынлы ҳəм қуўанарлық жағдай.

Демек халқымыз «суўдың да сораўы бар» деп мəзи айтпаған екен. Буннан былай оның мəнисин түсинбегенлерге қыйын болып бара беретуғын шығар, қалай да?!

Сүйинши! Кореядан қуўанышлы хабар алдық


Хабарыңыз бар, мен көптен берли интернетте қарақалпақ жасларының қатары көбейиўин интизарлық пенен күтпектемен. Жақында Кореядан қуўанышлы хабар келди. Онда, Атабек исмли достымыз, өзиниң мийнетиниң жемиси болған жаңа сайтының дəслепки версиясы жəрияланғанын айтып жазыпты. Оның URL адреси: www.e-sozlik.net

«Жақында www.e-sozlik.net сайтының ең бириншы версиясын ислеп тамамлап едик. (Тийкарынан) www.e-sozlik.net бул онлайн қарақалпақша - инглисше сөзлик болып, 1970-жылы проф.Б.Д.Аракин басшылығында ислеп шығарылған сөзликтиң электрон версиясы есапланады. Ҳəзирше сөзлик тек ең керекли ҳəм əпиўайы функцияларға ийе, бирақ оны еле де раўажландырыў ҳəм де басқа да сөзликтлерди қосыў режелеримиз де жоқ емес» деп жазады Атабек.

Сол заматта-ақ сайтты ашып көрдим. Жаман емес. Мен жас достымызды бундай жетискенликлери менен шын жүректен қутлықлайман.

Ол соның менен бирге: «ҳəзирги күнде қарақалпақ тилинде исленип шығарылған сыпатлы сайтлар жүдə аз. Усы кемшиликти (толтырыў) мақсетинде, бул сөзликтен кейин басқа да проектлерди (мəселен, қарақалпақша форум, қарақалпақша блог системасы, қарақалпақ əдебияты порталы,ҳ.т.б.) ислеўди де ойлап қойғанбыз… Егерде сиз де усы келешектеги проектлерде қатнасыўды қəлесеңиз жүдə қуўанышлы болар едик (ырасын айтсам, бул проектлердиң ҳəммесин бир өзим ислеп шығыўым ҳəм басқарыўым қыйынлаў). Жəне де егер сизде мынадай сайт болғанда (жақсы болған болар еди) деген (пикирлер) болса, (басқаларда да) бундай қызықлы идеялар болса, бизге сайтымыздағы байланыс силтемесин басып хабарласыўынызға болады. Сайт жаратқанларға оны интернетте жайластырыўға (хостинг, домен) жəрдем беремиз» депти. Бундай усынысты көпшилик жасларымыз жан деп қабыл етсе керек.

Мен интернетте қарақалпақ тилинде жəне бир сайт ашылғаны менен ҳəммени қутлықлайман. Ал жас достымызға шын жүректен миннетдаршылық билдирип, оның алдағы ислеринде табыслар тилеп қаламан.

Рахмет сизге, Атабек!

вторник, 6 октября 2009 г.

Жасларымыз не ушын интернетте блоглер жаратыўға қызықпай атыр?

Интернет тармағына араласқанлы берли изленисте болып киятырман. Түрли сайтлар менен компаниялардың усыныс еткен мүмкиншиликлеринен пайдаланып блоглер аштым. Ондағы тийкарғы мақсет интернетте қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды көбейтиў. Өз ана тилимизди Интернет тармағында да раўажландырыў.

Бизиң республикамызда бул тармаққа үлкен әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик программалар ислеп шығылған. Мектеплер, колледжлер ҳәм жоқары оқыў орынлары бүгинги күнге келип толық компьютерлестирилип болды. Олардың көпшилиги интернет тармағына жалғанған. Бизиң республикамызда, рәсмий мағлыўматлар бойынша айтатуғын болсақ, ҳәзирдиң өзинде 2,5 миллионнан аслам интернет тармағынан пайдаланыўшылар бар.

Бирақ ҳәзирше жасларымыз блоглар ашыўға онша қызықпай атыр. Дурыс, олардың айырымлары қай жердендур есаптан өтип өзиниң жеке мағлыўматларын қалдырып атыр. Лекин күнделик жазыў, анаў яки мынаў мәселеде мүнәсибет билдириў дәрежесине жетисе қойған жоқ. Айырым, өзлериниң веб-блоглерине ийе жасларды бармақ пенен санап шығыўға болады. Мен оларды шын жүректен қутлықлайман ҳәм өзимниң оларды толық қоллап қуўатлайтуғынымды айтпақшыман.

Соңғы ўакытлары айырым жергиликли баспасөзлерде компьютер ҳәм интернеттиң зыяны, олардың жаслардың санасына тәсири туўралы ҳәр қыйлы мағлыўматлар тарқатылмақта. Бундай былшылды гәплерге онша қулақ аса бермеў керек. Егер, ырасын айтатуғын болсақ, сол мақалаларды жазып отырғанлардың өзлери интернетке бир мәртебе де кирип көрмегенин билемен. Олардың қулағына қайсы бир узақты көре алмайтуғын ҳәмелдар бир нәрсе деп сыбырласа болғаны… маған тап усылай деди-аў, деп исти қайыллатады. Бул, бүгинги, бизде енди ғана аяққа турып киятырған интернет тармағын ақсатады ҳәм оның раўажланыўын кешиктиреди. Бир гәп пенен айтқанда, бул енди туўылған баланы жөргегинде қылқындырғандай бир гәп. Оны өлтириў қыйын, әлбетте. Олар бул мақсетине ҳеш қашан ерисе алмайды. Оның үстине бизде бул тармақты раўажландырыў бойынша Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары бар. Демек оны саррас турмысқа енгизиўимиз керек.

Келиң, бирге ислесейик. Интернет тармағында қарақалпақ тилиндеги блоглерди көбейтейик. Олар бир күн келип ҳақыйқый ғалаба хабар қуралларына айланады. Бизде ол ушын барлық ҳуқықый тийкарлар дүзилген.

Бизге бүгинги күни блоглер не ушын керек? Биз, биринши гезекте, демократияны үйрениўимиз тийис. Ол ушын ҳәр бир инсан өз ҳуқықларын жақсы билмеги дәркар. Бизге Конститутция қәлеген мағлыўматты топлаў ҳәм тарқатыў ҳуқықын береди. (Әлбетте, мәмлекетлик сыр ҳәм нызамда белгилеп қойылғанларынан басқасы). Демек, не ушын биз өзимиздиң әтрапымызда жүз берип атырған күнделикли ўақыялар туўралы күнделиклеримизде жазбаўымыз керек екен? Қашанға шекем кеўил кеширмелеримизди жүрегимизде сыр сақлаймыз? Бизиң бастан кеширгенлеримиз, көрген билгенимиз, жиберген қәте-кемшиликлеримиз кимгедур сабақ болыўы мүмкин. Және биреўлер оны оқып өзин қызықтырған сораўларға жуўап табар, бәлким…

Қулласы, әне усындай гәплер. Усы күнге шекем мен өзимниң жазғанларымды анаў яки мынаў тармақтағы блоглеримде жәриялап келдим. Бирақ еле олардың айырымларынан басқасын ҳеш кимге билдиргеним жоқ. Олар бар жоғы жеке қызығыўшылықтың жемиси болғаннан кейин оған зәрүрликте болмады. Лекин, ойлап көрсем мен жасларымызға блоглер ашың деп усыныс етип болып, оларға қандай орынларда (сайтларда) усындай мүмкиншиликлер бар екенин айтпасам қалай болғаны деген шешимге келдим.

Күнделик жазыў ушын ЖЖ деп аталыўшы-Живой журнал қолайлы. Онда бизиң http://kkreporter.livejournal.com деп аталыўшы бир блогимиз бар. Кирип көриң. Сизлерде сол жерде өзлериңизге блог ашыўыңыз мүмкин.

Ал, Блог.ру ға кирсеңиз жүдә әпиўайы система. Онда бизиң http://kkreporter.blog.ru деген адресте және бир блогимиз бар. Сонда-ақ Wordpress.com ның хызметинен пайдалансаңызда болады. Ол жердеги жағдайлар менен танысыў ушын мына ссылкаға бассаңыз http://kkreporter.wordpress.com ҳәмме нәрсе өз өзинен түсиникли болады. Ең әпиўаысы Blogspotcom берип атырған мүмкиншиликлер. Ол жерде бизиң http://kkreporter.blogspot.com ҳәм http://btileumuratov.blogspot.com деген ссылкаларда (силтемелерде) блогларымыз бар. Кирип көриң, үйрениң ҳәм блоглер жаратып, күнделиклер жазың. Кимде ким түсинбесе, жәрдем керек болса бизиң kkreporter@mail.ru деп аталыўшы электрон почтамызға хат жазыўына болады. Қолдан келгенинше жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз. Қудайға шүкир, мениң жәрдемшилерим де көбейип атыр. Керек болса олар менен де байланыстыраман.

пятница, 24 июля 2009 г.

Жаңалық. «Еркин Қарақалпақстан» газетасының веб-сайты кирилде ашылатуғын болды


Газетаның веб-сайты бираздан берли бар. Бирақ ол қарақалпақ тилиндеги айырым ҳәриплерсиз ашылатуғын еди. Сол ушын оқыўшылар ушын да, вебмастерлер ушын да қолайсызлық туўдырып киятырған еди. Жақыннан баслап «Еркин Қарақалпақстан» газетасының веб-сайты ( http://www.erkinkk.kr.uz ) қарақалпақша ашыла баслады.

Хабарыңыз бар, газета ҳәптесине үш ирет шығады. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң басылымы есапланады. Газетада жәрияланып атырған материаллар мазмун мәниси жағынан ҳәр қыйлы. Бул жерде республика ҳәтте оннан тысқарыда да белгили бир қатар белгили журналистлер ислейди.

Тәжирийбели журналистлерден Есенбай Ерманов, Абдулла Ҳәбипов, Өмирбай Өтеўлиев, Оразбай Сәтбаев, Пердегул Хожамуратова, Қурбанбай Байниязов, Абдулла Ембергенов, Қонысбай Реймов, Сағындық Ембергеновларды атап өтсек орынлы болады.

Веб-сайт газета оқыўшыларына кең мүмкиншиликлер ашып берери турған гәп. Оның үстине, буннан былай газетаның электрон почтасына келген хатларға обзор ислеў, оларда көрсетилген фактлер бойынша алып барылған журналистлик изертлеўлердиң толық варианты менен оқыўшыларды таныстырыў мүмкин болады.

Жасырын цехлар анықланды


«Наның ҳадал болса, көпке көрсетип же» дейди бизиң халқымыз. Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлериниң келип түскен мағлыўматлар ҳәм орынлардағы Өз қәнигелериниң анықлаўы тийкарында өткерген рейд-тексериўлери барысында қолға түскен «исбилерменниң» нанының «ҳадаллығына» гүман пайда болды. Ол Нөкис қаласындағы «Қызкеткен» елатлы пункти аймағында жайласқан пухара Закир Қадировқа тийисли имараттың үлкен қоймаханасына жайғасып алып, өзиниң нызамсыз ҳәрекетлерин әмелге асырып киятырған болып шықты.
Жасырын цех баслығы Әндижан ўәлаятының Шахрихон районының Тоштефа пухаралар жыйыны турғыны Уткир Мусаев деген пухара екен. Олар бул жердеги 3 бөлмеге жайғасып, өзлериниң жасырын ҳәрекетлерин алып барған. Айтыўларына қарағанда ис баслағанына 10 күндей болып қалған көринеди. Бул аралықта олар күнине 1500-2000 дана ҳәр қыйлы музқаймақлар ислеп шығарып, сатыў ушын тарқатқан. Бирақ олар бундай ҳәрекетлер алып барыў ушын ҳеш жерден рухсат алып, есаптан өтпеген.
Тексериў пайытында олардан музқаймақ ислеп шығарыў ушын мөлшерленген ҳәр қыйлы азық-аўқатлық затлар менен бирге, стаканлы музқаймақ ислеп шығаратуғын бир дана станок, бир дана музқаймақ пакетлеўши станок, пломбирли музқаймақ ислеп шығаратуғын 10 дана қәлип, музқаймақ үстине жабыстырылатуғын 64 мың дана этикетка, пломбир музқаймағына пайдаланатуғын 20 мың дана таяқша (палочка), 16992 дана вафлили стаканлы музқаймақ, 2200 дана «Джек», 4000 дана «Московская», 600 дана «Классик», 29000 дана «Думбокча», 250000 дана «Алаутдин», 11000 дана «Урдакча», 35 дана «Ну Погоди» музқаймақларының пакетлери сақлаўлы турғанлығы анықланды.
У. Мусаевтың көрсетпесине қарағанда, жасырын цех ҳәм ол жердеги нызамсыз музқаймақ ислеп шығарыў үскенелерин, оған усы имаратты ижараға бериўши Закир Қадиров тәмийинлеп берген қусайды. Сондай-ақ, ислеп шығарылған таяр өнимлерди сатыўда Қадировтың көмеги менен әмелге асырылып келинген. Усы ҳәм басқада бир қатар сораўларға Озбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындагы жанындағы СВБЖХЖДЛҚГ Департаменти Каракалпакстан Республикасы Нокис каласы болиминин қәнигелери тәрепинен алып барылып атырған сорастырыў барысында жуўап алынатуғын болды.
Сондай-ақ, Нөкис қалалық мәмлекет салық инспекциясының хызметкерлери 25 киши район аймағындағы және бир жасырын цехтың нызамсыз ҳәрекетлерине шек қойды. Қызығы сонда, бул цех та биз жоқарыда атын тилге алған Әндижанлы пухара Уткир Мусаевқа тийисли болып шықты. Бул жерден де баҳасы 1 миллион сум әтрапында болған ҳәр қыйлы музқаймақ ислеп шығарыўға мөлшерленген үскене ҳәм таяр өнимлер айғақлы зат сыпатында алынды.
Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери нақ ақша айланысына тәсир етип, миллий валютамыздың қәдирсизлениўине алып келетуғын нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша баслаған рейд-тексериўлерин даўам еттирип атыр.